КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДА ПОРТРЕТ ҲӘМ ОНЫҢ ТҮРЛЕРИ


Жұмыс түрі:  Материал
Тегін:  Антиплагиат
Көлемі: 7 бет
Таңдаулыға:   

КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДА ПОРТРЕТ ҲӘМ ОНЫҢ ТҮРЛЕРИ

Алламуратов Ғайрат Абатбаевич

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Портрет ҳәр қандай көркем өнерде ­- әдебият, сүўретлеў, музыка, кино, театр, ҳәйкелшилик, фотография ҳәм басқа да искусство түрлеринде инсан келбетин сүўретлеўши әдебий категория есапланады. Портрет инсанның сыртқы көринисин сыпатлап ғана қоймай, ал ишки руўхый ҳалын, психологиясын да көрсетип турады. Бунда ҳәр бир көркем өнерде дөретиўшиден өзи баян етип атырған ўақыя-ҳәдийсеге сәйкес түрдеги қаҳарман образын жасаўда көркем портреттен шеберлик пенен пайдаланыў талап етиледи. Өйткени, портрет оқыўшы яки тыңлаўшы - көркем өнерден азықланыўшыға айтылажақ пикирдиң толық, тужырымлы ҳәм көркем жеткерилиўинде нәтийжели хызмет атқарады. Оқыўшы қабыл етип атырған информациялары негизинде сюжетти визуал тамашалаўды әмелге асырады. Оқыўшы фантазиясында ҳәрекетке келген образ портрет арқалы тириледи, оған жан енеди. Шығарма даўамында, әсиресе, ири эпикалық шығармаларда персонаждың портрети сызылмаса, образ гүңгиртленеди ҳәм есте сақланбайды. Демек, портрет арқалы персонажлар динамикасы иске қосылып, сюжет системасының даўамлылығы тәмийинленеди.

Портрет - француз сөзи болып, «portraire» - «сүўретлеў» сөзинен алынған. Персонаждың сөз арқалы сүўретленген сыртқы көриниси (бет-әлпети, денеси, кийими, жүз белгилери, дене ҳалаты ҳәм ҳәрекетлери, қылықлары), оқыўшы қыялында жанланатуғын толық инсан образын жаратыўшы ҳәм оның характерин ашыўшы қураллардың бири. Портрет эпикалық шығарманың композициялық тийкарының бир көриниси. [1. 226]

Көркем шығармалардағы портрет персонаждың өзиншелигин, келбети, психологиясы, сондай-ақ, характерин айырып көрсетиўши комплексли бирлик саналады. Портрет характер сыяқлы индивидуаллық сыпатқа ийе болып, көбинесе, образдың жеке эгосын айырып көрсетеди. Әдебий шығармада портрет айырым жағдайларда, жазыўшының стиллик мақсети тийкарында образдың типиклик қәсийетин сүўретлеўде де үлкен хызмет атқарады. Мәселен, бай образын сызғанда, байларға тән болған деталлар, хызметкер портретин сүўретлегенде олардың өзиншеликлерине итибар қаратады.

Әдебияттаныў илиминде портрет проблемасы әййемги жәмийетлик санадан берли үйрениў объекти сыпатында мийнетлерде итибарға алынып келинеди. Сөз өнери теориясының туңғыш мийнетиниң авторы, антик дәўир алымы Аристотельдиң (б. э. ш 384-322-жж. ) «Поэтика» мийнетинде де портрет тилге алынады. Алым портреттиң тәбияты ҳәм зәрүрлиги ҳаққында төмендегише пикирди билдиреди.

«Биз адамлардың өзине тән қәсийетлерин сүўретлеўде бар болған адамларға сәйкес ҳалда ҳәм соның менен бир ўаққытта шырайлырақ етип ислейтуғын жақсы портрет усталарынан өрнек алыўымыз керек». [2. 32] Алым көркем әдебиятта инсанның тәнҳә өзине тийисли болған белгилерин турмыстағы прототипине сәйкеслестириў, зәрүр ҳалда портрет үстинде қайта ислеп әдебиятта сулыўырақ етип пайдаланыўды алға сүреди.

Усы орында алым атап өткен «шырайлы» портретлер халық аўызеки дөретпелеринде көплеп пайдаланылады. Жазба әдебияттың тийкары болған фольклорда портреттиң классикалық үлгилери өнимли қолланылады. Классикалық деп атаўымыздың себеби, дәстанлық шығармаларда дидактикалық нийет басшы орында турады. Егер образ унамсыз болса атқарыўшы сондай деталларды таңлайды, ҳәтте, портрет гиперболалық усылда асыра көримсиз жағдайда (жийеркенишли) сүўретлениўи мүмкин. Керисинше, образ унамлы характерде ҳәрекет етсе, оның портрети ғалаба халықтың кеўлинен жақсы орын алатуғын шырайлы деталлардан ибарат болады. Батырдың батыр келбети, залымның жаўызлығы идеал дәрежеде көрсетиледи.

«Портретти сызыўда фольклорда көбинесе салыстырыў арқалы сулыўлығын, яки унамсыз келбетин ашыў көбирек орын алады». [3. 72-73] Демек, портрет қайсы бир дәўир әдебияты, қандай әдебий форма болыўына қарамастан портрет өзиниң әҳмийетлилиги менен өнимли қолланылады.

«- Ақ маңлай, бадам кабақлы,

Пистеден юпқа додақлы,

Узын бойлы, кең қушақлы,

Сәлпиншекли шашақлы,

Бүлдирсин Шубар көйлекли,

Бүлкилдеген жүрекли,

Жез буўынлы, хан тырнақлы,

Он еки муқам, бир кылықлы,

Нар текедей керилген,

Алланың берген аяғын,

Басарына еринген,

Терисиниң жуқалығы,

Бир уртлам ишкен суўлары,

Тамағынан өткенде,

Буғағына жеткенде,

Мысалы теңге яңлы,

Елдир-елдир етип көринген.

Реңкине қарасаң,

Он төрттен туўған айдай,

Келбетине қарасаң,

Тумағалы қумайдай.

Көкиреклери қақпақтай,

Шашбаўлары тоқпақтай,

Ақ төсине қарасаң,

Тоты жүрген соқпақтай.

Ол аўызына қарасаң,

Тутылмаған оймақтай,

Ол ләбине қарасаң,

Жылтылдап турған қаймақтай.

Қардай ети,

Қандай бети.

«Алпамыс» дәстаны. Есемурат жыраў Нурабуллаев варианты. [4. 103]

Қарақалпақ дәстанларында мине усындай қаҳарман образының дәстандағы этикалық ҳәм эстетикалық ролине байланыслы атқарыўшының симпатиялық ямаса антипатиялық сүўретлеўлерин көриў мүмкин. Қарақалпақ халқының халық аўызеки дөретпеси болған дәстанларда Аристотельдиң жоқарыда айтып өткен «шырайлы» портретлерин көплеп ушыратыўымыз мүмкин. Деген менен, ҳәзирги жазба әдебиятта образларға бир тәреплеме (унамсыз, унамлы) дөретиўшилик қатнас жасаў үрдис емес.

Өзбек әдебиятшы илимпазы Э. Худайбердиев портрет ҳаққында сондай дейди: «Портрет сызыўдын ҳәр түрлилеринен ҳәр бир жазыўшы өз стили, идеялық мақсетине муўапық ҳалда пайдаланады. Шеберлик пенен сызылған портрет инсанның толық образын жарқынлатыў, руўхый дүньясын жақсырақ көркем баянлаў қуралына айланады». [5. 98]

Жазыўшы өз көркем шығармасында образдың унамлы яки унамсызлығына емес, ал турмыслық ҳәм тарийхый ҳақыйқатлыққа сәйкес келиўин тәмийинлеўи талап етиледи. Персонаждың ўақытлық ҳәм кеңислик майданындағы өзгешелиги дыққатқа алыныўы зәрүр. Портрети сүўретленип атырған персонаж өзи тийисли болған заманы ҳәм мәканы менен үнлесиўи мақсетке муўапық болады. Бул өз гезегинде шығарма қаҳарманына болған оқыўшы исениминиң артыўына, сондай-ақ, сюжеттиң тартымлылығына алып келеди. Мәселен, жазыўшы Қ. Мәтмуратовтың мына сүўретлеўине итибар қаратайық.

«Алдында гармоншысы, изиндеги топарласқан қыз-жигитлери менен кейўаны қартлары да қарақалпақша «Қутлы болсын тойларыңыз»ды айтып, қосықтың арасында наманың епкинин өзгертип «частушка»ға салып, «э-эх, эх-эх»леп, ҳаял-қызлары орайпеклерин былғап, жигитлери басларындағы шәпеклерин бир шекесине қыйсайтып, гә бир аяқлап, гә қос аяқлап, шоршып түсип, отырып-турып, ара-арасында сәдде берип, дөгерегиндегилер тап бирден аспанға мың сан кептер ушырғандай дүрлетип қол шаппатлап, ойнап, Тербенбести тербендирип жибере жақтай дәрежеде ойын заўық пенен басына көтерип киятыр». [6. 113-114]

«Тербенбес» романына тән болған сюжетлик баянлаўда келтирилген бул жәмәәтлик топар портретин окыўшы оқып отырып, орыс халқы ўәкиллери ҳаққында сөз болып атырғанлығын серлейди. Жазыўшы портретти сызыў процессинде ҳәр бир детальға айрықша итибар менен қатнас жасаған. «Гармоншы», «частушка», «э-эх, эх-эх», «гә бир аяқлап, гә қос аяқлап шоршып түсиў» сыяқлы деталларды пайдаланыўда жазыўшы арнаўлы мақсетти гөзлеген. Яғный роман сюжетинде сүргинге ушыраған ҳәм Тербенбестен жай тапқан оралский орысларын сүўретлеўде орыс миллий мәденияты ҳәм хореографиясына мүрәжат етеди. Бул картиналар сәйкес (миллийлик) түрде таңланбағанда оқыўшы бул жәмәәттиң оралскийли орыслар екенин аңғармаўы да мүмкин. Жазыўшы оралскийли орыслардың портретин, өз мәканы (орысят) миллий мәденияты менен сәйкес түрде сүўретлейди. Бунда автор портретлик сүўретлеўди шебер пайдаланып, қәлиплескен картинаны утымлы жасай алған. Сәтли сызылған портрет картинасы да көркем шығарманың қунлылығын асырыўда нәтийжели хызмет атқаратуғынлығын көрсетеди.

Портретлер көркем шығармаларда қолланылған деталларының өзгешелигине қарай түрленеди. Портретти жасаўда қолланылған лексикалық қурамның өзгешелиги бойынша портретлер де түрлерге бөлинеди. Мәселен, жазыўшы өзи баянлап атырған образының келбетин пайда етиўде оның дене дүзилиси, кийим-кеншегине ямаса қыймыл-ҳәрекетине (мимикасына) итибар қаратады. Усындай лексикалық өзгешеликке қарай отырып портретлер: 1) соматикалық, 2) вестикалық ҳәм 3) кинетикалық болып түрлерге бөлинеди. [7. 64]

  1. Соматикалық (грек сөзи «дене») портретлерде жазыўшы персонажлардың дене дүзилисине итибар қаратады ҳәм оның айрықшалық белгилерин атап өтеди. Мәселен, «…жүзиндеги күлдиргиши бурынғыдан да бетер сулыўланып, әжайып бир түске енип үйириледи де, ҳаўайы көзери күлимлеп, сүйриктей шаншылған кирпиклерин «лып» еткизип нәзерин пәске алады». [6. 68] портретинде «Тербенбес» романында адам (Агриппина образы) ның жүз көринисиндеги белгилерди өзгешелиги тийкарында сүўретлейди. Портреттеги «ҳаўайы (көк) көзлер» орыс (европалы) ларға тән болған антропологиялық өзгешелик. Жазыўшы Агриппина - орыс қызын сүўретлегенде буны итибардан шетте қалдырмаған.
  2. Вестикалық (латын сөзи «кийим-кеншек») портрети тийкарынан қаҳарман образы яки персонаждың үстки кийим-кеншеклериниң атамасы менен оның социаллық келип шығыўын, ҳал жағдайын билдириў ушын қолланады.

«Болыс сеңсеңин шешип керегениң басына илдирдидағы, шөгирмесин шешип, қалтасынан тақыясын алып басына кийди ҳәм Лепестиң «мынаяққа төрле» деген жерине барып, төрлеп отырғаннан кейин, шөгирмесин қапталына қойды». [6. 262]

Вестикалық портреттиң бул көринисинде автор болыс образының турмыслық ҳақыйқатлығын исенимли бериўде «сеңсең», «шөгирме» сыяқлы сол дәўирдеги турғын адамлардың кийими менен сүўретлейди. Және де, мына портретти көзден өткерейик: «Ийнинде дал-дал шапаны, басында жаман сары қурашы, ашырқағанда ишетуғын, ишине айран-шалабы қуйылған, белинде торсығы». [6. 129] Жазыўшының баянлап атырған портретинен персонаждың социаллық кем тәмийинленгенлигин, болыс киби сеңсең, шөгирме емес, ал тозыўы жеткен гөне шапан, жаман сары қураш кийетуғын кәмбағал қатламдағы образ сүўретленеди.

Демек, әдебий шығармада персонаждың вестикалық портретин сүўретлеў арқалы, жазыўшы оның жәмийеттеги орнын, психологиясын, характерин ашып бериўде стиллик мақсетти әмелге асырады.

  1. Кинетикалық (грек сөзи «ҳәрекет») портретте қаҳарманлардың қыймыл-ҳәрекети, қозғалысы, мимикасы арқалы оны басқалардан айырып турыўшы өзине тән, көбинесе рефлектив (санасыз, өзи аңламаған ҳалда тәкирарланыўшы) ҳәрекетлери дыққат итибарға алынады.

«Нурай ғарры көпшиктен өңменин көтерип, бир шекесине қыйсайып кеткен жатақ малақайын жылтыр геллесинде тайғанатып дүзеп кийди». [6. 142] Және де «Лепес, өзи туўысынан қара торы жигит, кем-кемнен темирге айланып, көгис дөнди. Ғаз мойыны кем-кемнен узайып, қуў мойынға айланып баратырғандай, оны созып, тап келип қалғандай, жол бойындағы путаларға ҳүрейли бағыс пенен тигиледи». [6. 100] «Тербенбес» романы қаҳарманы Лепестиң ғаз мойнының узайып-киширейиўши рефлексли ҳәрекети роман сюжетинде көпшилик орында айтылады. Бул жазыўшының қаҳарман образының психологиясын ашыўда қолланған портретлик тактикасы. Романда қаҳарман Лепестиң руўхыятында болған өзгерислер ­- ашыўланыў, қуўаныў, қайғырыў, сүйсиниў сезимлерин сүўретлегенде жазыўшы усы кинема (ҳәрекет) - ғаз мойынның қысқарып-узайыўын символлық деталға айландырған.

Әдебияттаныў илиминде көркем портретлерди жазыўшының қолланыў мақсетине қарай да түрлерин белгилейди.

«Шәртли рәўиште статикалық ҳәм динамикалық портрет түрлери парықланады. Статикалық делиниўине себеп сонда, портреттиң бул түринде персонаждың сыртқы көриниси сюжет ўақыясы тоқтатылған ҳалда әдеўир айдынлап, деталластырып сызылады. Әдетте, бундай портретлер персонаж шығарма ўақыясына дәслепки рет кирип келген ўақытта бериледи. Динамикалық портрет дегенде толық сүўретлеў емес, бәлки ўақыя ҳәм диалоглар баянланыўында, яғный ҳәрекет даўамында берилип барылыўшы персонаждың сыртқы көринисине тән болған айырым деталлар нәзерде тутылады. Бундай портрет деталлары көбирек ремаркалардан орын алады ҳәм персонаждың сол пайыттағы руўхый ҳалатын сүўретлеўге хызмет етеди. [1. 227]

Көркем шығармалардағы дөретиўши тәрепинен сөз арқалы сызылған бул портреттиң түрлери қаҳарман образын оқыўшыға толық, ашық-айдын таныстырыўда (статикалық) ҳәм персонажлардың өз-ара диалоги яки сюжет ағымында олардың ишки психологиясын ашыўда (динамикалық) портретлер параллель түрде сүўретленеди.

... жалғасы

Сіз бұл жұмысты біздің қосымшамыз арқылы толығымен тегін көре аласыз.
Ұқсас жұмыстар
К. КАРИМОВТЫҢ АҒАБИЙ РОМАНЫНДА ПОРТРЕТ ЭВОЛЮЦИЯСЫ
Әдебиеттануға кіріспе пәні
Әдебиет саласындағы бейне
Аударма жасалатын тілдің дұрыстығы
Көркем әдебиеттің тілі
Жалпы лингвистикадағы төл сөз бен төлеу сөздің негізгі функцияларын айқындай отырып, ағылшын тіліндегі олардың ерекшеліктерін айқындау, олардың ағылшын тіліндегі көркем шығармаларда қолданылу өзгешеліктеріне зерттеу жүргізіп, төл сөздің төлеу сөзге айналу жолдарына зерттеу жүргізу
Дүниенің тілдік бейнесі
ФРАЗЕОЛОГИЗМДЕРДІҢ СТИЛИСТИКАЛЫҚ ҚОЛДАНЫСТАРЫ
О.Бөкеев, Д.Исабеков повестеріндегі подтекст мәселесі
Кейіпкер мінезін беруші тілдік тәсілдер және олардың зерттелу жайы
Пәндер



Реферат Курстық жұмыс Диплом Материал Диссертация Практика Презентация Сабақ жоспары Мақал-мәтелдер 1‑10 бет 11‑20 бет 21‑30 бет 31‑60 бет 61+ бет Негізгі Бет саны Қосымша Іздеу Ештеңе табылмады :( Соңғы қаралған жұмыстар Қаралған жұмыстар табылмады Тапсырыс Антиплагиат Қаралған жұмыстар kz