К. КАРИМОВТЫҢ АҒАБИЙ РОМАНЫНДА ПОРТРЕТ ЭВОЛЮЦИЯСЫ



Жұмыс түрі:  Материал
Тегін:  Антиплагиат
Көлемі: 11 бет
Таңдаулыға:   
К.КАРИМОВТЫҢ АҒАБИЙ РОМАНЫНДА ПОРТРЕТ ЭВОЛЮЦИЯСЫ
Алламуратов Ғайрат Абатбаевич
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Қарақалпақ әдебияты кафедрасы докторанты
Резюме. Мақалада жазыўшы К.Каримовтың Ағабий романында көркем портрет мәселеси көрип шығылады. Портрет эволюциясының қолланылыў өзгешелиги ҳәм оның әҳмийети бойынша пикирлер жүритиледи. Роман поэтикасына көркем портреттиң тәсири ҳәм атқаратуғын функциялары илимий анализге тартылады. Жазыўшы шеберлигин анықлаўда көркем портреттиң орны үйрениледи.
Гилит сөзлер: көркем портрет, портрет эволюциясы, статикалық портрет, динамикалық портрет, соматикалық портрет.

К.КАРИМОВНИНГ АҒАБИЙ РОМАНИДА ПОРТРЕТ ЭВОЛЮЦИЯСИ
Алламуратов Ғайрат Абатбаевич
Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат университети
Қорақалпоқ адабиёти кафедраси докторанти
Резюме. Мақолада адиб К.Каримовнинг Ағабий романида бадиий портрет масаласи кўриб чиқилади. Портрет эволюциясининг қўлланилиш хусусиятлари ва унинг аҳамияти бўйича фикрлар билдирилади. Роман поэтикасига бадиий портретнинг тасири ва функциялари илмий жиҳатдан таҳлил қилинади. Адиб маҳоратини аниқлашда бадиий портретнинг ўрни мухокама қилинади.
Калит сўзлар: бадиий портрет, портрет эволюцияси, статик портрет, динамик портрет, соматик портрет.

ПОРТРЕТНАЯ ЭВОЛЮЦИЯ В РОМАНЕ
К.КАРИМОВА АГАБИЙ
Алламуратов Ғайрат Абатбаевич
Аспирант кафедры каракалпакской литературы,
Каракалпакского государственного университета имена Бердах
Резюме. В статье рассматривается проблема художественного портрета в романе К.Каримова Агабий. Высказываются мнения об особенностях применения портретной эволюции и ее значении. Влияние и функции художественного портрета на поэтику романа научно проанализированы. Обсуждается роль художественного портрета в определении мастерства писателя.
Ключевые слова: художественный портрет, эволюция портрета, статический портрет, динамический портрет, соматический портрет.

PORTRAIT EVOLUTION IN THE NOVEL OF
K. KARIMOV "AGABIY"
Allamuratov Gayrat Abatbayevich,
PhD student of the Karakalpak Literature Chair,
Karakalpak State University named after Berdakh
Resume. The article considers the problem of artistic portrait in Karimov's novel "Agabiy". Opinions are expressed about the features of the application of portrait evolution and its significance. The influence and functions of the artistic portrait on the poetics of the novel are scientifically analyzed. The role of an artistic portrait in determining the writer's skill is discussed.
Keywords: artistic portrait, portrait evolution, static portrait, dynamic portrait, somatic portrait.

Жазыўшы көркем шығарманы дөретиўде айтажақ пикирин алдын ала өз фантазиясында сәўлелендиреди. Эпикалық шығарманың формалық өзиншелигинен келип шығып, сюжет, композиция, образ ҳәм басқа әдебий-эстетикалық категорияларға дөретиўшилик қатнасты әмелге асырады. Киши көлемли шығарма жазыў нийетиндеги сөз устасы шеберликтиң ықшам жолын таңлайды, көркем мақсетин лаконизм (қысқалық) принципинде усынады. Айтажақ пикирлерин дәл, анық, қысқа ҳәм көркемликтен шетлемеген ҳалда ықшам сүўретеўлерде баян етеди. Ал, ири көлемли шығарманы жазыў процессинде дөретиўши еркинликте ҳәрекет етеди. Пикирлери шырайлы сүўретлеў усыллары тийкарында толық сәўлелениўине ериседи. Форманың кеңлиги мазмунның үлкен имканиятын жаратады.
Киши ҳәм ири көлемли эпикалық шығармаларда образлардың жаратылыўы да өзгешеленеди. Киши көлемли шығармада образдың, көпшилик ҳалда, характер ҳәм психологиясына итибар қаратылады. Арнаўлы мақсет болмаса, оның кең түрдеги сүўретлениў белгисине - портретине дыққат берилмеўи мүмкин. Образды айырып таныў ушын оның исиминиң өзи жеткиликли болады.
Орта ҳәм ири көлемли шығарма жазыў процессинде автор фантазиясында қаҳарман образы яки персонажлардың келбети, түр-түси, сыртқы пишими, дене дүзилиси, кийим-кеншеги, ҳәттеки, ис-ҳәрекетлери де итибарда болады. Сюжеттиң көп түрлилиги жазыўшының қаҳарман жаратыўдағы бағдарын белгилеп барады. Сюжетте тарийхый, социаллық, сиясий, психологиялық ҳәм тағы басқа ўақыялардың басшылыққа алыныўы онда ҳәрекет етиўши персонажлардың да сыпатларын түрлендирип отырады.
Тарийхый сюжетке қурылған роман жазыўшының тарийх ҳаққындағы билимлерин беккемлейди. Тарийхый шынлық көркем ҳақыйқатлыққа өзлестирилиўинде заман ҳәм мәкан, каҳарман образлары шәртли түрде өз прототиплерине сәйкеслестириледи.
Ағабий - жазыўшы К.Каримовтың тарийхый жанрда дөретилген романы есапланады. Романда көркем тоқыма ҳәм тарийхыйлық синтезленген, бирақ тарийхый шынлық белгили дәрежеде сақланады.
Ағабий романында сүўретленген бас қаҳарманлар Артық улы Қулшы ҳәм Қулшы улы Ережеп тарийхта өмир сүрген тарийхый тулғалар болып табылады. Тарийхый шахслардың әдебий образы жазыўшының өз лабораториясында көп излениўлерди талап етеди. Образды дөретиўде прототиптиң сюжетлик ўақыясы, басынан кеширген тәғдири, қулласы, прототипке тән болған барлық деталлар үйренилип шығылады.
Роман тарийхый шахс Ережеп бийдиң өмири ҳәм искерлигине арналғанлығы себепли, жазыўшы оның портретин эволюциялық басқышларда сүўретлейди. Тарийхта белгили бир ири ўақыяны өзиниң жеке ҳәм жәмийетлик қәсийетлери менен ажыралып туратуғын тулғаларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Ҳәр бир тарийхый ўақыяның өз қаҳарманлары бар, усы қаҳарманлар себепли биз сол дәўирдиң турмысы ҳаққында толық мағлыўмат аламыз. [1.164]
Қаҳарман образы Ережептиң портрети роман сюжетинде арнаўлы мақсетлер менен хронологиялық өсиў тәртибинде жасалады. Яғный, бас қаҳарман сол дәўирдиң көринисин жанлы сәўлелендириўде оқыўшыға жол баслаўшы ўазыйпасын атқарады. Қаҳарман образы оқыўшыны өзиниң дәўирине алып кетеди. Жазыўшы К.Каримов Ережеп образын жары жолдан емес, ал оның дүньяға келиў ўақтынан баслап сүўретлейди.
Қулшы бий ырым етип миянкөлдеги қоңыратлар менен маңғытлар арасынан өз арысы қыпшақты, оған қосып қоңсылас қытайларды ертип Қоқан аймағынан Бухара сорамындағы Амантүбекке көшти. Арадан көп ўақыт өтпей алла берип, режеп айында Айбийби ул туўды, ал Торықасқа бийе қулынлап, ол соңғылығында белгили Торықасқа болып ержетти. Бул 1800 жыллар еди.
Раджап айында туўылған улының атын Раджап қойды. Арапша - Раджап, қарақалпақша Ережеп болды [2.21]
Жазыўшы қаҳарман образы Ережепти сүўретлегенде, оған жан ендириўде, айрықша итибар менен қатнас жасағанлығы көринеди. Романда Айбийби Қулшы бийдиң бәйбишеси емес, ал тоқалы болып табылады. Қулшы бий бәйбишеси Жанымқыз бенен он жыл бир дастыққа бас қойып перзентли болмайды. Қулшы менен Жанымқыз бир тырнаққа зар болып, перзент дәртинде он жыл жанып жасайды.
Шығыс халықлары эпосы ҳәм ертеклеринде, - деп жазады И.М.Жирмунский, - - сондай сюжет мотиви кең тарқалған: қаҳарман өзиниң бийперзентлиги ушын көп қыйыншылық көрген ата-анадан туўылады. [3.13]
Ҳақыйқатында да, жазыўшы бул орында фольклорлық дәстүрди, шығыс халықларына тән болған бийперзентлик, ырым етиў мотивлерин романда қолланады. Әлбетте, бул мотив арнаўлы штрих астында пайдаланылғанлығын серлеў мүмкин. Егер Қулшы менен Жанымкыз дәрҳал перзентли етип жиберилгенинде, тентек Ережептиң қәдир-қымбаты, бас планға шықпаған болар еди. Романда тырнақ қәдирин жүрек-жүрегинен сезинген Қулшы бий перзенти Ережептиң кеўили ушын барлық ҳәдийсеге таяр туратуғын әке образында геўделенеди. Бала Ережептиң характериндеги тентекликти (пикиринен қайтпаслық, қайсарлық, айтқанын қылдыратуғын минез), әкесиниң усы бийперзентлик азарының нәтийжеси сыпатында караў мүмкин.
Торықасқа ержетип, Амантүбекти жайлаған дөгеректеги еллердиң тойларын дүбирлетип, байрақ алып жүргенде Ережеп те шыбық атты таслап, сүннет той менен айдар тойын тойлап болған, әкеси Қулшыға мегзеп, бойшаң болажағынан дәрек берип, ақсары жүзине көк көзлери жарасып, аўыл арасын шаңғытып жүретуғын бала еди. Оның үстине Ережеп те атқа қумар болып өсип киятырған, Торықасқаға болса ықласы өзгеше, ат байлаўлы туратуғын сейисхана менен ат сейиси Тағабергенниң қасында көп айланшықлап жүреди. [2.21-22] Жазыўшы Ережеп образын дүньяға (романға) келтиргеннен соң ўақыт ағымын қысқартып, дәрҳәл ер жеттирип жибермейди. Эволюциялық басқышта Ережеп образының ҳәр бир дәўирин сүўретлеўди уйғарады. Келтирилген портретлик мысалға итибар қаратсақ, Ережептиң балалық ўақты көркем баянланады. Образдың өсими дала шаңғытып ойнайтуғын жаста сүўретленеди. Автор қаҳарман образын, оның портретин сызғанда Торықасқа ат пенен байланыстырып параллель сүўрелейди. Ережептиң атқа болған меҳирин, ықласын баянлаў негизинде оның психологиясын да қәлиплестирип барады. Автор бул орында сюжеттиң өзеги болған конфликтке ат ҳәм оның қайырқомы болған Ережептин тентек балалығы арқалы жол салады.
Роман сюжетинде маңғытлардың үлкен бийи Қожамиярдың жүйрик атқа, алғыр тазыға, суңқар қусқа қумар болған Төлесин атлы баласы Торықасқа атқа ықласы кетеди. Өлсем өлемен, Торықасқаны бермеймен деген Ережептиң сөзлеринен соң конфликт жүзеге келип, сюжет сол көшер әтирапында айланысқа түсип отырады.
Қулшы бий образы тәрийиплениўинше терең ой, ақыл-парасат ийеси, үлкен түйинлерди жай сөзлер менен шешетуғын кең пейил характерде сүўретленеди. Лекин, бир аттың үстинде еки елди қасарыстып, журтты көшкинге ушыратыўы образ характерине қонбағандай көринеди. Атқа қумарлық Төлесин образына жарасады. Ол жас ҳәм романда тәрийипленгениндей телбе. Ал, Қулшы бий ел ағасы. Оның ат (хайўан) баҳасын инсаннан үстин қойғаны гуманистлик-этикалық өлшемлерге, форма менен мазмун бирлигине сәйкес еместей көринеди. Биз жоқарыда айтып өткенимиздей әширепи, көп күттирип, қәдирин асырған (шыбықты ат деп минип жүрген) Ережеп баланың ықласы ҳәм өлемен деген сөзи Қулшы бийди келисимге келтире алмайды. Еки ел арасында (Торықасқа ат себебинен) пайда болған қарама-қарсылық, қан алысыў, сондай-ақ, Бухара әмирлигиндеги сиясий жағдайлар (Қулшының әмирликке жаман көрилиўине де ат себебинен өлген Төлесинниң әкеси Қожамияр себепши болады) себебинен Қулшы ҳәм оның аўылы Хийўа ханлығы сорамындағы ата журты Шымбай әтирапына көшип келеди.
Сюжет даўамында бас қаҳарман Ережептиң балалығы таза қоныс - Шымбай шәҳәринде өтеди. Базар майданы, ол жерде жуғырласып асық ойнап атырған онлаған баланы есапқа алмағанда дерлик бос еди. Олардың ишинде он жаслардағы бойшаң, көк көзли, сары сынлы бала бул жердеги балалар менен танысып үлгерген Қулшы бийдиң баласы Ережеп болып, оны базар майданынан алыс емес жердеги темиршиниң дүкәнынан жуп көз бақлап турар еди. [2.215]
Автор, он жаслардағы Ережеп портретин сыза отырып, оны сырттан бақлап туратуғын жуп көзге ишәра етеди. Демек, Ережеп образы еле қадағалаў жасындағы бала. Сондай-ақ, жуп көз синекдоха усылында аңлатылған Қайырбай образы. Роман сюжетинде Шымбай шәҳәринде темиршиге шәкирт түскен Әрепбай улы Қайырбайға өзинен жасы бираз киши Ережепти қадағалаў тапсырылғаны жоқарыдағы портрет арқалы аңласылады.
Қайырбай (Қайырберди) образы ... жалғасы

Сіз бұл жұмысты біздің қосымшамыз арқылы толығымен тегін көре аласыз.
Ұқсас жұмыстар
Монолог және оның түрлері, функционалдық, стилистикалық қызметі
Ғабит Мүсірепов - портретші
Жазушы Ақан Нұрманов Құланның ажалы романы тілінің лексика-фразеологиялық ерекшелігі
Т. Ахтанов прозасындағы қаһарманның адамгершілік әлемі
Жазушы романында образ жасаудың монологтік қолданыстары
Қазақ тарихы романдарындағы әйел бейнесі
Ғабит Мүсіреповтің «Қазақ солдаты» романының көркемдік ерекшелігі
Қазақ прозасындағы сал-серілер образы
Қақақ прозасындағы сал-серілер образы
КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДА ПОРТРЕТ ҲӘМ ОНЫҢ ТҮРЛЕРИ
Пәндер